bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 3
Isaiah 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 4 →
1
Мине, Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси, Ерусалимнен ҳәм Яҳудадан тирек ҳәм сүйенишлерин: Барлық нан ҳәм суў дереклерин,
2
Батырларын ҳәм жаўынгерлерин, Бийлерин ҳәм пайғамбарларын, Палкерлерин ҳәм ақсақалларын,
3
Елиўбасыларын ҳәм абырайлы адамларын, Мәсләҳәтшилерин, шебер усталарын ҳәм көзбайлаўшыларын тартып алады.
4
Ол былай дейди: «Мен өспиримлерди оларға басшы етип қояман, Оларға гөдеклер ҳүкимдарлық етеди.
5
Адамлар бир-бирине қысым жасап, Қоңсы қоңсысын жәбирлейди. Жаслар жасы үлкенлерди, Қарапайымлар абырайлыларды сыйламай қояды.
6
Сонда адамлар өз әкесиниң хожалығындағы, Туўысқанына жабысып: „Сениң үстиңде кийимиң бар екен, Сен бизлерге басшы болып, Мына ўайран болған үйиндилерди қол астыңа ал!“ – дейди.
7
Бирақ сол күни ол бақырып: „Мен жараңызды таңа алмайман! Үйимде аўқат та, кийим де жоқ. Мени басшы қылып қоймаңлар“, – дейди».
8
Ерусалим қыйрады, Яҳуда қулады. Олардың сөзлери ҳәм ислери Жаратқан Ийеге қарсы болып, Оның салтанатын масқара қылды.
9
Жүз көринислери өзлерине қарсы гүўалық береди, Содом сыяқлы гүналарын ашық айтады, ҳеш жасырмайды. Олардың соры қурыйды! Себеби олар өз басына өзлери апат келтирди.
10
Әдиллерге айтың, олар жақсылық көреди, Олар өз ислериниң мийўесин татады.
11
Залымлардың соры қурыйды! Олар жақсылық көрмейди, Қолы менен ислеген исиниң есесин алады.
12
Жас балалары халқымды езеди, Ҳаяллары оларға ҳүкимдарлық етеди. Халқым, жетекшилериң сизлерди жолдан урды, Жүрер жолыңыздан адастырды.
13
Жаратқан Ийе даўа ашыў ушын орнынан қозғалып, Халықларды ҳүким етиў ушын аяққа турды.
14
Жаратқан Ийе Өз халқының ақсақалларын ҳәм басшыларын ҳүким етиўге кирисип: «Сизлер жүзимзарларымды ўайран еттиңиз, Үйлериңиз жарлылардан талап алған олжаға толы.
15
Сизлер неге Мениң халқымды езип, Жарлыларды қысқыға ала бересиз?» – дейди Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси.
16
Жаратқан Ийе былай дейди: «Сион қызлары тәкаббир, Мурнын аспанға көтерип, Көзлерин сүзип жүреди, Аяқларындағы ҳалқаларын шыңғырлатып, Керилип қәдем басады».
17
Сонлықтан Ийемиз Сион қызларының бас кийимлерин жулып алып, Еңбегин ашып таслайды.
18
Сол күни Ийемиз олардың аяқларындағы ҳалқаларды, Шашбаўларын, ярым ай көринисиндеги безениў буйымларын,
19
Сырғаларын, билезиклерин, орамалларын, Орайпеклерин, тобығындағы шынжырларды, ийин жапқышларын, Әтир шийшелерин, тумарларын,
20
Мөр жүзиклерин, әребеклерин,
21
Сәнли кийимлерин, жегделерин, шекпенлерин, шыжланларын,
22
Сийледей жуқа кийимлерин, зығыр кийимлерин, Түрмелерин, жаўлықларын тартып алады.
23
Сонда әтирдиң орнын сасық ийис, Белбеўдиң орнын жип, Әшекөйленген шаштың орнын тақыр бас, Сәнли кийимниң орнын аза кийими, Сулыўлықтың орнын шерменделик тамғасы басады.
24
Еркеклериңиз қылыштан өледи, Жаўынгерлериңиз саўаш майданында қаза табады.
25
Сионның дәрўазалары жылап, аза тутады, Босап қалып, пайтахт тақыр жерде отырып қалады.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66