bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 57
Isaiah 57
Karakalpak 2022
← Chapter 56
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 58 →
1
Әдил адам өлип кетип атыр, Бирақ ҳеш ким буны жүрекке жақын алмайды. Садық адамлар жоқ болып кетип атыр, Себебин ҳеш ким түсинбейди. Әдил адам жаўызлықтан қутылып,
2
Тыныш жерге киреди. Туўры жолдан жүргенлер өз қәбиринде тынығады.
3
«Сизлер болсаңыз, ҳәй, палкерлердиң балалары, Неке ҳадаллығын бузыўшы ҳәм бузықлардың урпақлары, Берман келиң!
4
Сизлер кимниң үстинен күлип турсыз? Кимди мазақлап, Кимге тилиңизди шығарып турсыз? Сизлер қозғалаңшылардың балалары, Жалғаншылардың зүряды емессиз бе?
5
Сизлер кийели теребинфлердиң арасында, Ҳәр бир қойыў жапырақлы терек астында, Қуштарлық отында өртендиңиз. Сайларда ҳәм жартастың қуўысларында, Балаларыңызды қурбанлыққа усындыңыз.
6
Сениң пайың – дәрьяның сыйпақ таслары арасындағы бутлар, Несийбең – солар болады. Оларға ишимлик садақаларын қуйдың, Ғәлле садақасын бердиң. Булардан кейин де, сени жазасыз қалдырайын ба?
7
Бийик ҳәм уллы таў үстине төсегиңди салып, Қурбанлық бериў ушын сол жерге шықтың.
8
Қапы ҳәм жақлаўыңның арғы жағына, Өз бутларыңның мүсинлерин қойдың. Мени таслап кетип, жалаңашланып, төсегиңе кирдиң. Төсегиңди кең жайдың. Ким менен төсекте жақсы болса, Соның менен питим дүздиң. Олардың жалаңаш денесине тигилип қалдың.
9
Хош ийисли май алып, Молохқа бардың, Әтирлериңди көбейттиң. Елшилериңди узақларға жолладың, Ҳәтте, өлилер мәканына жибердиң.
10
Узақ сапар сени талықтырды, Бирақ сонда да үмитиңди үзбедиң. Күшиңди қайта тикледиң, Сол себепли ҳалдан таймадың.
11
Мени алдап, есиңнен шығаратуғындай, Жүрегиңнен Маған орын бермейтуғындай, Кимнен айбынып, кимнен қорқтың? Узақ ўақыт үндемегеним себепли, Меннен қорқпайсаң ба?
12
Жалған әдиллигиңди, ислериңди әшкара қыламан, Булардан саған пайда болмайды.
13
Пәрияд еткениңде, Жыйнап қойған бутларың қутқарсын! Оларды самал ушырып алып кетеди, Үплеген жел оларды көтерип кетеди. Бирақ Мени паналаған адам жерди ийелейди, Мениң мухаддес таўымды мийрасқа алады».
14
Жаратқан Ийе былай дейди: «Топырақты тегислеп, жол салың, Халқымның жолындағы бөгетлерди алып таслаң».
15
Бийик ҳәм бәлент Болған, Мәңги жасайтуғын, Аты Мухаддес Болған былай дейди: «Мен бийик, мухаддес жерде жасайман, Сондай болса да, руўхы түскенлердиң руўхын көтериў, Езилгенлердиң жүрегин жанландырыў ушын, Езилгенлер ҳәм руўхы түскенлер менен биргемен.
16
Мен адамларды бәрқулла айыплап, Мәңгиге ғәзепленбеймен. Болмаса, Мен жаратқан инсанлардың руўхы, Жаны алдымда тура алмас еди.
17
Ҳарам пайдаға өшлиги ушын ғәзепленип, Мен оларды жазаладым, Қәҳәрленип, жүзимди жасырдым. Бирақ олар қайтыўдан бас тартып, Жүреги қәлеген жолдан кетти.
18
Мен олардың жолларын көрдим, Деген менен, оларға шыпа беремен. Оларды жетелеп, қайғырғанларды қайта жубатаман.
19
Аўызларына алғыс-мақтаў сөзлерин саламан. Узақтағыларға да, жақындағыларға да тынышлық болсын! – дейди Жаратқан Ийе. – Мен оларды шыпалайман!
20
Бирақ жаўызлар толқынланған теңизге уқсайды, Ол тыныш тура алмайды, Суўлары ылай менен балшықты шығара береди,
21
Жаўызлар ушын тынышлық жоқ», – дейди Қудайым.
← Chapter 56
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 58 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66