bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 30
Isaiah 30
Karakalpak 2022
← Chapter 29
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 31 →
1
«Қозғалаңшы балалар, ҳәсирет шегеди! – дейди Жаратқан Ийе, – Олар Меннен болмаған ой-нийетлерди жүзеге асырады, Мениң Руўхымсыз келисимлер дүзеди, Гүна үстине гүна жамайды.
2
Меннен кеңес сорамай, Фараонның панасында паналаў, Мысырдың саясына тығылыў ушын, Мысырға барады.
3
Фараонның панасы сизлерди уятқа қалдырады, Мысырдың қорғаўшы саясы сизлерди бийабырай қылады.
4
Басшылары Соанда болып, Елшилери Ханеске жеткен болса да,
5
Өзлерине пайдасы болмаған халық себепли олар уятқа қалады. Сол халық жәрдем де, пайда да бермейди. Тек оларды уятқа қалдырып, шерменде қылады».
6
Негеб ҳайўанлары туўралы пайғамбаршылық сөз: Урғашы ҳәм еркек арыслан, Зәҳәрли сур ҳәм оқ жыланлар жасайтуғын, Апатлы ҳәм азаплы үлкени гезип, Байлықларын ешеклердиң арқасына, Ғәзийнелерин түйелердиң өркешине артып, Пайдасы жоқ халыққа ағылып барады.
7
Мысырдың жәрдеми пайдасыз ҳәм үмитсиз. Сонлықтан Мен оны: «Бийкаршы Раҳаб » деп атадым.
8
Енди барып, буны бир тас тахтаға жазып, Оларға китап етип бер. Бул келешек күнлери ушын, Мәңгилик гүўалық болсын.
9
Бул қозғалаңшы халық, ҳийлекер балалар, Жаратқан Ийениң тәлиминен бас тартатуғын перзентлер.
10
Олар көзи ашықларға: «Аян көриўди қысқартың!» Ал ўәлийлерге: «Ҳақыйқатты айтып, пайғамбаршылық қылмаң, Бизлерге жағымлы сөзлерди айтып, Қыялый пайғамбаршылық етиң,
11
Жолдан шығың, қайтың бул жолдан, Израилдың Мухаддесин көзимизден жоқ қылың!» – дейди.
12
Сонлықтан Израилдың Мухаддеси былай дейди: «Бул хабарды қабыл етпей, Зулымлық ҳәм жалғаннан үмит етип, Оларға сүйенгениңиз ушын,
13
Бул қылмысыңыз сизлер ушын, Бийик дийўалдағы опырылып атырған тесик киби болады. Дийўал тосаттан, бир сәтте қулап, қыйрайды.
14
Ол ылай ыдыс яңлы қыйрап қалады. Майдаланғаны соншелли, Ошақтан күл алыўға да, қуйыдан суў алыўға да, Жарағандай сынығы қалмайды».
15
Сонлықтан Қудай Ийе, Израилдың Мухаддеси былай дейди: «Маған қайтып, рәҳәт табың, қутқарыласыз. Егер сизлер тынышлық пенен Маған үмит байласаңыз, күшли боласыз. Бирақ сизлер буны қәлемедиңиз.
16
Сизлер: „Яқ, бизлер атқа минип қашамыз“, – дедиңиз. Соның ушын қашасыз-дә! Сизлер: „Бизлер жүйрик атқа минип шабамыз“, – дедиңиз. Соның ушын қуўыўшылар да жүйрик болады!
17
Бир адамның айбатынан мың адам қашады, Бесеўиниң айбатынан ҳәммеңиз қашасыз. Қалғанларыңыз таў төбесиндеги байрақ шыбығы, Төбешиктеги байрақ киби боласыз».
18
Жаратқан Ийе сизлерге мийрим-шәпәәт көрсетиў ушын күтип турады, Сизлерге реҳим көрсетиў ушын орнынан турады. Себеби Жаратқан Ийе әдалат Қудайы, Оны күткенлер бахытлы!
19
Ҳәй, Ерусалимде жасайтуғын Сион халқы, Енди жыламайсыз! Пәрияд еткениңизде, Ол сизлерге мийрим-шәпәәт көрсетеди. Еситиўден-ақ, Ол сизлерге жуўап береди.
20
Ийемиз сизлерге азап шөрегин берип, Апат суўын ишкизген болса да, Муғаллимиңиз енди жасырынбайды, Көзиңиз бенен Оны көресиз.
21
Қулағыңыз арт беттен: «Мынаў дурыс жол, соннан жүр», – деген даўысты еситеди. Сонда оңға бурылыў керек пе, шепке бурылыў керек пе, билесиз.
22
Сонда гүмисиң менен қапланған бутларды, Алтының менен қапланған ҳәйкеллерди, Ҳарам деп санап, ҳарам нәрседей көрип, ылақтырып таслайсыз. Оларға: «Жоқ болыңлар!» – дейсиз.
23
Ийемиз жерге еккен туқымың ушын жаўын жаўдырады, Жердиң зүрәәти мол ҳәм берекетли болады. Сол күни малларың кең жайлаўда жайылып жүреди.
24
Жер айдайтуғын өгиз ҳәм ешеклер, Гүрек ҳәм жаба менен самалға суўырылған, Сайланды жем жейди.
25
Уллы қырғын күни, минаралар қулағанда, Ҳәр бир бийик таўда, ҳәр бир бийик төбеде суўлар ағып турады.
26
Жаратқан Ийе Өз халқының жараларын таңып, Өзи берген жарақатты жазған күни, Айдың нуры күн нурындай, Күнниң нуры жети күнниң нурындай, Жети есе жақты болады.
27
Мине, Жаратқан Ийениң Өзи узақтан, Лаўлаған қәҳәри менен қойыў булт ишинде киятыр. Оның аўзы ғәзепке толы, Тили жалмайтуғын отқа мегзейди.
28
Деми мойынға дейин көтерилетуғын тасқынға уқсайды. Ол миллетлерди набыт болыў елегинен өткереди. Халықлардың аўзына оларды жолдан азғыратуғын жүўен салады.
29
Бирақ сизлер мухаддес байрамды нышанлаған түндегидей, Қосық айтасыз. Жаратқан Ийениң таўына, Израилдың қорғаўшы жартасына, Сырнай сазы астында шыққаныңыздай, Жүрегиңиз шадланады.
30
Жаратқан Ийе айбатлы даўысын еситтирип, Лаўлаған ғәзеби ҳәм жалмайтуғын от жалыны менен, Нөсер жаўын, даўыл ҳәм буршақ пенен, Билегиниң күшин көрсетеди.
31
Жаратқан Ийениң даўысы Ассирияны қорқытып, титиретеди, Ол ҳасасы менен Ассирияны урады.
32
Жаратқан Ийениң жаза ҳасасы менен, Оларды урған ҳәр бир соққысы, Дәп ҳәм лира намасы астында әмелге асады. Жаратқан Ийе қол жумсап, олар менен урысады.
33
Денелер жағылатуғын орын әлле қашан тайынланды, Аўа, Ассирия патшасы ушын тайын қылып қойылды. Ол жер терең ҳәм кең болып, Отын қалап толтырылған. Ағып турған күкирт киби, Жаратқан Ийениң деми оны жандырады.
← Chapter 29
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 31 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66