bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 29
Isaiah 29
Karakalpak 2022
← Chapter 28
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 30 →
1
Даўыттың мәкан басқан қаласы Ариел, Ариел, ҳәсирет шегесең! Жылға жыл қос, байрамларың даўам ете берсин.
2
Мен Ариелге азап шектиремен. Ол жылап, пәрияд етеди, Мен ушын қурбанлық ошағы киби болады.
3
Сени айланып, орда қураман, Ләшкерлерди орнатып, қамал қыламан. Қарсыңа минаралар тиклеймен.
4
Сен қулатылып, жердиң астынан сөйлейсең, Сөзлериң топырақ ишинен еситиледи, Даўысың әрўақ даўысындай болып, жерден шығады, Сөзлериң топырақтан сыбырлап еситиледи.
5
Бирақ сансыз душпанларың орпаң шаңғыт киби, Реҳимсиз сансыз ләшкерлер суўырылған қаўық киби ушып кетеди. Тосаттан, бир мәўритте,
6
Әлемниң Жаратқан Ийеси гүлдирмама, Жер қозғалыўы, уллы шаўқым, Боран, даўыл ҳәм жалмайтуғын от жалыны менен келеди.
7
Ариелге қарсы урысқан барлық миллетлер, Оған ҳәм оның қорғанлы қалаларына ҳүжим қылып, Оны езгенлер, Түндеги түс киби, түнги көринис киби болады.
8
Аш адам түсинде аўқат жесе де, Оянғанда аш болады, Түсинде суў ишкен адамның да, Оңында шөли басылмайды. Сион таўына қарсы урысқан, Ҳәмме миллетлердиң сансыз ордасы да усы аўҳалға түседи.
9
Ҳайран болып, таң қалың, Өзиңизди гөр қылың, соқыр болың, Мәс болың, бирақ шараптан емес, Сүрнигиң, бирақ өткир ишимликтен емес.
10
Жаратқан Ийе сизлерге терең уйқы берди, Көзлериңизди жаўып қойды, ҳәй, пайғамбарлар, Басларыңызды орап қойды, ҳәй, ўәлийлер.
11
Бул аянлардың ҳәммеси сизлер ушын мөрленген орама қағаздағы сөзлердей болып қалды. Егер оқып билетуғын адамға орама қағазды берип: «Мынаны оқып бер», – десеңиз, ол: «Оқый алмайман, бул мөрленген-ғо», – дейди.
12
Егер орама қағазды оқып билмейтуғын адамға берип: «Мынаны оқып бер», – десең, ол: «Мен оқый алмайман», – деп жуўап береди.
13
Ийемиз былай дейди: «Бул халық тек сөзи менен Маған жақынлап, Тек аўзы менен Мени сыйлайды. Бирақ жүреги Меннен алыс. Адам ойлап тапқан парызлар арқалы Маған сыйынады.
14
Сонлықтан Мен бул халықтың арасында және бир қүдиретли ис, Таң қаларлық қүдиретли ис ислеймен. Даналары даналықтан маҳрум болады, Ақыллылары ақылынан айырылады».
15
Өз нийетлерин Жаратқан Ийеден жасырыўға тырысып, Ислерин қараңғылықта қылып атырғанлар, ҳәсирет шегеди! Олар: «Бизди ким көреди, ким бизди биледи?» – дейди.
16
Сизлер ҳәммесин надурыс түсинип атырсыз! Гүлалшыны ылай менен теңлестирип бола ма? Исленген зат өзин ислегенге: «Ол мени ислемеди», – дей ме? Пишими келтирилген зат өзиниң пишимин ислеп шыққанға: «Ол ҳеш нәрсени түсинбейди», – деп айта ма?
17
Тез арада әжайып Лебанон бир жыңғыллыққа, Ал жыңғыллық болған жерлер әжайып тоғайға айланбай ма?
18
Сол күни гереңлер орама қағаздың сөзлерин еситер, Қойыў қараңғылық ишинде соқырлардың көзлери көрер.
19
Езилгенлер Жаратқан Ийеде жаңадан қуўаныш табар, Жарлылар Израилдың Мухаддесинде шадланар.
20
Залымлар жоқ болар, Сурбетлер ғайып болар, Жаманлық тәрепдарлары жоқ қылынар.
21
Дөҳмет қылып, адамларды гиналағанлар, Қала дәрўазасындағы қазыға дузақ қурар, Ҳақты жалған гүўалықлар менен ҳуқықынан маҳрум етер.
22
Сонлықтан Ибрайымды қутқарған Жаратқан Ийе, Яқыптың урпақлары туўралы былай дейди: «Буннан былай Яқыптың урпағы масқараланбас, Енди жүзи қара болмас.
23
Мениң қолларым жаратқан балаларын өз араларында көргенде, Атымды мухаддес санайды. Яқыптың Мухаддесин мухаддес санап, Израилдың Қудайынан қорқатуғын болады.
24
Жолдан адасқанлар түсинеди, Шағым етип налыйтуғынлар тәлимди қабыл етеди».
← Chapter 28
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 30 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66