bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 5
Isaiah 5
Karakalpak 2022
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 6 →
1
Мен сүйиклимниң жүзимзары туўралы жыр айтып берейин: Топырағы өнимдар бир төбеде, Сүйиклимниң жүзимзары бар еди.
2
Ол жерди аўдарып, тастан тазалап, Сайланды нәллерди екти. Оның ортасына гүзет минарасын орнатып, Жүзим сығатуғын шуқыр қазды. Ол бағынан жақсы жүзим күтти, Бирақ бағ жабайы жүзим берди.
3
Сонлықтан сүйиклим былай дейди: «Енди, ҳәй Ерусалим турғынлары, Яҳуда халқы! Мениң менен жүзимзарым ортасында қазылық етиң.
4
Жүзимзарым ушын және не қылайын? Мен оған ислемеген не қалды? Мен жақсы жүзим күткен едим, Ол неге жабайы жүзим берди?
5
Ал енди мен сизлерге, Жүзим бағыма не қылатуғынымды айтайын: Оның қорғанларын алып таслайман, Бағ жалмап жеп қойылсын, Дийўалларын бузып таслайман, Ол басқылап таслансын.
6
Мен бағды ўайран қыламан, Ол путалмайды, топырағы аўдарылмайды, Оны шат тикен ҳәм жантақ басып кетеди. Үстине жаўын жаўмасын деп, бултқа буйрық беремен».
7
Әлемниң Жаратқан Ийесиниң жүзимзары – Израил халқы, Яҳуда халқы – Оның отырғызған сүйикли бағы. Ол әдалатлық күтти, Бирақ, қаннан басқа ҳеш нәрсе көрмеди. Ол әдиллик күтти, Бирақ жапа шеккенлердиң пәриядынан басқа ҳеш нәрсе еситпеди.
8
Үй үстине үй, атыз үстине атыз қосып атырғанлар, Ҳәсирет шегесизлер! Басқаларға жер қалдырмай, Жер бетинде жалғыз өзиңиз жасамақшысызлар.
9
Әлемниң Жаратқан Ийесиниң мына сөзлери қулағыма шалынды: «Сөзсиз, көп үйлер ўайран қылынады, Зәўлим ҳәм көркем жайлар ийесиз қалады.
10
Он сүрим жердеги жүзимзардан тек бир бат шарап шығады, Бир хомер туқым тек бир эфа өним береди».
11
Ерте таңда турып, өткир ишимлик изинен қуўғанлар, Ымырт жабылғанша шарап ишип мәс болғанлар, ҳәсирет шегеди!
12
Олардың зыяпатларында лира ҳәм арфа, Дәп ҳәм сырнай шертилип, шарап ишиледи, Бирақ олар Жаратқан Ийениң ислерине кеўил бөлмейди, Оның қоллары менен жаратылғанларға итибар бермейди.
13
Сонлықтан халқым наданлығы себепли сүргин қылынады. Абырайлы адамлары ашлықтан өлип, Қарапайым халық шөлден қырылады.
14
Буған қоса, өлилер мәканының иштейи ашылып, Аўзын қатты керип ашады, Ерусалимниң абырайлылары ҳәм қарапайым халқы, Олардың шаўқым-сүренлери ҳәм шадлығы сол жерге киреди.
15
Адамзат бойсындырылып, ҳәр бир адам дизе бүгеди, Менменниң көзи төмен қарайды.
16
Бирақ Әлемниң Жаратқан Ийеси әдалатлықта мәртебеге ерисип, Мухаддес Қудай әдилликте Өз мухаддеслигин көрсетеди.
17
Сонда қойлар өз жайлаўларындағыдай жайылып жүреди, Қозылар байлар таслап кеткен қарабақаналар арасында отлайды.
18
Қылмысын жалған қосып есилген арқан менен, Ал гүнаны арбаның жиби менен тартып жүргенлер, ҳәсирет шегеди!
19
Ҳәтте, олар: «Қудай асықсын, исин тезирек ислесин, Биз де көрейик. Израилдың Мухаддесиниң мақсети тезирек әмелге ассын, Биз де оны билейик», – дейди.
20
Жаманды жақсы, жақсыны жаман, Түнекти жақты, жақтыны түнек, Ашшыны мазалы, мазалыны ашшы дегенлер, ҳәсирет шегеди!
21
Өзин дана деп санап, Өзин ақыллы билгенлер, ҳәсирет шегеди!
22
Шарап ишиўде қаҳарман болғанлар, Өткир ишимликти араластырып ишиўде батырлар,
23
Пара алып, айыплыны ақлағанлар, Ҳақты ҳуқықынан айырғанлар ҳәсирет шегеди!
24
Оттың сабанды жалмағаны, Жалынның пишенди өртегени сыяқлы, Олардың тамыры да ширип кетеди, Гүллери шаң-тозаң киби көкке суўырылады. Себеби олар Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Нызамынан жүз бурып, Израилдың Мухаддесиниң сөзин нәзерге илмеди.
25
Сол себепли Жаратқан Ийениң ғәзеби, Өз халқына қарсы лаўлады, Қолын көтерип, оларды жазалайды. Сонда таўлар титиреседи, Олардың өли денелери тасланды сыяқлы көшелерде жатады. Сонда да Оның ғәзеби басылмайды, Қолы көтерилиўин даўам етеди.
26
Ол алыслардағы миллетлерге белги береди, Жер шетинде жасап атырғанларды ысқырып шақырады, Мине, олар да тез, асығып-үсигип жетип келеди.
27
Бирде биреўи шаршамайды, сүрникпейди, Мүлгимейди, уйықламайды, Белинен белбеўи шешилмейди, Аяқ кийиминиң баўы үзилмейди.
28
Олардың оқлары ушқырланған, Оқ жайлары тартылған, Атларының туяқлары шақмақ тасқа, Арбаларының дөңгелеклери қуйынға мегзейди.
29
Олардың ақырыўы арысланға уқсайды, Олар жыртқыш арыслан киби ақырады, Ырылдап, олжасын тутып, алып кетеди, Ҳеш ким оны қутқара алмайды.
30
Сол күни олар олжа үстинде, Теңиз туўлаўы киби ырылдасады. Егер биреў жерге нәзер салса, Әне, қара түнек пенен азапты көреди, Нур қара бултлар менен қапланған болады.
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 6 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66