bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 58
Isaiah 58
Karakalpak 2022
← Chapter 57
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 59 →
1
«Даўысыңды қыспай, қатты бақыр! Даўысың кәрнайдың сестиндей болып шықсын! Халқыма қылмысларын, Яқыптың нәсилине гүналарын жәрияла!
2
Олар ҳәр күни Мени излер, Жолларымды билиўден заўық алмақшымыш! Туўры ис ислеген, Қудайдың көрсетпелеринен жүз бурмаған халық киби, Меннен әдил қарар сорайды, Қудайға жақын болыўды әрман етеди.
3
Олар: „Бизлер ораза туттық, Сен неге көрмедиң? Өзимизди бойсындырдық, Неге итибар бермедиң?“ – дейди. Мине, сизлер ораза тутқан күниңиздиң өзинде, Қәлегениңизди қылып, Жумысшыларыңызды езесиз.
4
Мине, ораза тутып атырып даў-жәнжел қыласыз, Зорлық пенен муш көтересиз. Бүгингидей ораза менен, Даўысыңызды жоқарыға еситтире алмайсыз.
5
Мен қәлеген ораза, Адам өзин бойсындырған күн усындай бола ма? Қамыс киби басыңызды ийип, Аза кийимин кийип, күлге жатыўды, Ораза, яғный Жаратқан Ийеге унайтуғын күн деп атайсыз ба?
6
Мен қәлеген ораза, Әдалатсызлық шынжырларын шешиў, Мойынтырық жиплерин үзиў, Езилгенлерди азат етиў, Ҳәр қандай мойынтырықты сындырыў емес пе?
7
Наныңды аш пенен бөлисип жеп, Үйсиз жарлыларға үйиңнен орын бериў емес пе? Жалаңашты көргенде кийим берип, Жақынларыңнан жәрдемиңди аямаў емес пе?
8
Сонда нурың шуғла киби жарқырап, Тез шыпа табасаң. Әдиллигиң алдыңда жүрип, Жаратқан Ийениң салтанаты изиңде қорғаның болады.
9
Кейин шақырсаң, Жаратқан Ийе жуўап береди, Пәрияд етсең, Ол: „Мен мындаман“, – дейди. Араңыздан мойынтырықты алып таслап, Бармақ шошайтып көрсетиўди ҳәм өсекти тоқтатсаң,
10
Ашлар ушын жаныңды пидә етсең, Қыйналғанларды мүтәж заты менен тәмийинлесең, Онда қараңғылықта нурың сәўле шашып, Тас түнегиң түски ўақыттай болады.
11
Жаратқан Ийе сени бәрқулла жетеклейди, Қурғақ жерде де керегиң менен тәмийинлейди. Сүйегиңе қуўат береди. Сен суўғарылған бағ киби, Суўы қурымайтуғын булақ киби боласаң.
12
Ески қарабақаналарың қайта тикленеди, Көп урпақлардан қалған, Қарабақаналардың тийкарын қайта тиклейсең. Сен: „Қыйраған дийўалларды оңлайтуғын, Жасаў ушын көшелерди қайта тиклейтуғын“, – деп аталасаң.
13
Шаббат күнин аяқ асты қылыўдан, Мухаддес күнимде қәлегениңди қылыўдан сақлансаң, Шаббат күнимди заўықлы, Жаратқан Ийениң мухаддес күнин ҳүрметли деп атасаң, Өзиңе унағанын ислеп, Кейпи-сапаны излемесең, Бос сөзлерди сөйлемесең, Сол күнди ҳүрметлесең,
14
Сонда Жаратқан Ийеден заўық аласаң. Мен сени дүньяның бәлентликлерине шығарып, Әкең Яқыптың мийрасын саған беремен». Буны Жаратқан Ийе айтады.
← Chapter 57
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 59 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66