bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 47
Isaiah 47
Karakalpak 2022
← Chapter 46
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 48 →
1
«Ҳәй, пәк қыз Бабилон, Төменге түсип, топыраққа отыр! Ҳәй, калдейлердиң қызы, Жерге отыр, енди тахтың жоқ. Енди сени: „Нәзик ҳәм мүләйим“, – деп атамайды.
2
Дигирманды алып, ун тарт, Пәренжеңди алып тасла, етегиңди түрип, Балтырыңды көрсетип, дәрьяларды кешип өт.
3
Денең ашылып, уятлы жериң көринсин. Мен өш аламан, ҳеш кимди аямайман».
4
Әмеңгеримиз – Израилдың Мухаддеси, Оның аты – Әлемниң Жаратқан Ийеси.
5
«Ҳәй, калдейлердиң қызы, Қараңғыға барып, үндемей отыр! Сени артық: „Патшалықлардың ханымы“, – деп атамайды.
6
Халқыма қәҳәрлендим, Мийрасымды хорлап, Сениң қолыңа бердим, Сен де оларға реҳим етпедиң. Ҳәтте, ғаррыларға да, Жүдә аўыр мойынтырық тақтың.
7
Сен: „Мен мәңгиге ханым боламан“, – дедиң. Буларға дыққат бермедиң, Ақыбетиниң не болатуғынын ойламадың.
8
Ҳәй, рәҳәтти сүйетуғын, Қәўипсизликте жасап, ишинен: „Мине мен, маған тең келетуғыны жоқ, Мен ҳеш қашан жесир болып отырмайман, Перзент дағын да көрмеймен“, – дейтуғын сен, Енди мынаны тыңла!
9
Булардың екеўи де бир күнде, Тосаттан басыңа түседи: Перзентлериңнен айырыласаң, жесир қаласаң. Сыйқыршылықтың көплигине, Дуўаханлықтың уллы күшине қарамастан, Олар бәри бир басыңа түседи.
10
Сен өз жаўызлығыңа исендиң, „Мени ҳеш ким көрмейди“, – деп ойладың. Даналығың ҳәм билимиң сени жолдан адастырды. Ишиңнен: „Мине мен, маған тең келетуғыны жоқ“, – дедиң.
11
Сонлықтан апатшылыққа ушырайсаң, Сыйқыршылық пенен оннан қутыла алмайсаң. Басыңа бахытсызлық түседи, Төлем менен оны қайтара алмайсаң. Ойламаған ўайраншылық, Тосаттан үстиңе келеди.
12
Жаслығыңнан бери шуғылланып келген, Дуўаханлығың ҳәм сансыз сыйқыршылығыңды даўам ет. Бәлким, олардан саған пайда тийер, Яки олар менен биреўди қорқытарсаң.
13
Мәсләҳәтлердиң көплиги сени шаршатты. Жулдызларды изертлеўшилер, Жаңа айдың басында не болатуғынын айтатуғынлар, Басыңа түсетуғын нәрселерден сени қутқарсын.
14
Әне, олар сабанға уқсайды, От оларды жандырады. Жалмаған өрттен өзлерин де қутқара алмайды. Бул жылынатуғын қоз да, Жанында отыратуғын жалын да емес.
15
Усылайынша сениң менен мийнет етип, Жаслығыңнан алды-сатты ислегенлердиң ҳәр бири, Басы аўған тәрепке раўана болады, Сени ҳеш ким де қутқармайды».
← Chapter 46
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 48 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66